Қазақстан Республикасында карантин шеклеўлериниң енгизилгени себепли №647/648 Нөкис – Бейнеў ҳәм №1/2 Ташкент – Алматы жөнелисиндеги халықаралық жолаўшы поездларының қатнаўын баслаў сәнеси келеси мүддетке көширилмекте. Бул ҳаққында «Өзтемиржолжолаўшы» АЖ хабар берди.Бул қарар Қазақстан Республикасы аймағында коронавирус инфекциясы пайда болыўы ҳәм тарқалыўының алдын алыў бойынша Мәкемелер аралық комиссия жыйналысының протоколы менен тастыйықланған.
Жол ҳүжжетлерин (билетлерин) сатып алған ҳәм пайдаланылмай қалған билетлердиң пулы темир жол кассаларында толық баҳасында қайтарылады. Ямаса келеси сәнелерге қайта рәсмийлестирип бериледи (Қазақстан Республикасы менен шегарадан өтиў орынларында санитариялық-эпидемиологиялық жағдай жақсыланғанға шекем), - деп жазылған хабарда.
Қарақалпақстан хабар агентлиги
