logo

2022-жылғы закат нысабы, питир садақасы ҳǝм фидя муғдары белгиленди

Өзбекстан мусылманлары қазыяты Пәтиўа комиссиясының 2022-жылғы закат нысабы, питир садақа ҳәм фидя муғдары бойынша қарары қабыл етилди. Бул ҳаққында «Газета» басылымы жазбақта.

Питир садақасы төмендеги төрт заттың қуны муғдарында шығарылады.

2022 жыл ушын питир садақасының муғдары:

2 килограмм бийдай 10 000 (он мың) сум;

4 килограмм арпа 16 000 (он алты мың) сум;

2 килограмм кишмиш 100 000 (жүз мың) сум;

4 килограмм хурма 160 000 (бир жүз алпыс мың) сум деп белгиленди.

Ҳәр ким өз мүмкиншилигине қарай бул төрт өнимниң қәлеген бир түринен питир садақасын берсе жетерли, делинеди хабарда.

Усы баҳалар Ташкент қаласындағы баҳаларға тийкарланған ҳалда белгиленген болып, ҳәр бир ўәлаят өз базарларындағы баҳаға қарай питир садақасын белгилейди.

Быйылғы фидя муғдары болса бир мискинниң бир күнлик азық-аўқаты муғдарында болып, оның орташа қуны — 25 мың сум етип белгиленди.

Буннан тысқары, закат нысабы — 34 миллион сум ҳәм оннан артық пулға ийе болған адам, жәми пулының қырқтан бирин (1/40) закат нийетинде жарлы ҳәм мүтәжлерге береди.

Makan.uz

Соңғы жаңалықлар