Усы жылдың 31-март күни Хожели темир жол вокзалына қараслы кассада жолаўшылар ағымының көбейиўине байланыслы нақ пул жетиспеўшилиги себебинен жолаўшылар пулларын қайтарып алыўда бираз машқала келип шыққан. Жүзеге келген кемшиликлер тез арада толық сапластырылып, сатылған билет пуллары нақ пул арқалы темир жол кассаларында қайтарып берилмекте. Жақында, Қазақстан Республикасына 647/648-санлы Нөкис - Бейнеў ҳәм 1/2-санлы Ташкент - Алмата бағдарындағы халық аралық жолаўшы поездлары қатнаўлары бойынша мағлыўмат берилген еди.
Ҳәзирги ўақытта қоңсылас мәмлекетте карантин шеклеўлери енгизилгенлиги себепли поездлар қатнаўы басқа мүддетке қалдырылды.
Ҳүрметли жолаўшылар! Сатып алынған билет пулларыңызды темир жол кассаларынан толық алыўыңызға болады.
ҚР Транспорт министрлиги мәлимлеме хызмети
