logo

Мектеп “ремонты”на ажыратылған 177 млн сўмды “уйықлатқан” шахс усланды

Қарақалпақстанда Халық билимлендириў бөлими ҳәм ЖШЖ ҳәмелдарлары мектепте оңлаў жумысларын алып барыў ушын ажыратылған бюджет пулларын өзлестиргени анықланды. Бул ҳаққында МҚХ мәлимлеме хызмети хабар берди.

Амиўдәрья районы халық билимлендириў бөлими ҳәм қурылыс-оңлаў жумыслары менен шуғылланатуғын 2 ЖШЖ ҳәмелдар шахслар өз-ара тил бириктиргени анықланған. Олар райондағы улыўма орта билим бериў мектеплериниң бириниң оқыў имәратын оңлаў ушын ажыратылған улыўма 1 млрд 235 млн сўмның 177,6 млн сўмын есап-фактураларға жалған мағлыўматлар ҳәм жазыўлар киритиў арқалы нызамсыз өзлестирген.

Ҳәзирде усы жағдай бойынша жынаят кодексиниң тийисли статьялары менен жынаят иси қозғатылып, тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.

Бул ҳаққында qalampir.uz сайты хабар берди.

Соңғы жаңалықлар