logo

Социаллық тармақларда жәрияланған урлық ўақыясы бойынша рәсмий мағлыўмат берилди

Нөкис қаласындағы жүз берген урлық ўақыясы бойынша рәсмий мағлыўмат берилди. 2021-жыл 22-июль күни, саат 08:00 шамасында Нөкис қаласындағы “С.Камалов” көшесенде жайласқан «Хлебный дом» нан ислеп шығарыў ҳәм сатыў дүканында Нөкис қаласында жасаўшы алдын усы орында исши болып жумыс ислеген пуқара С.С. есик ашықлығы ҳәмде ҳеш ким дүкәнда жоқлығынан пайдаланып дүкән ишинде болған пулларды алып ўақыя орынынан жасырынған.
Ҳәзир бул жағдай бойынша Нөкис қалалық Ишки ислер органлары жумысларын муўапықластирыў басқармасы 3-санлы ИИБ тәрепинен сорастырыў жумыслары алып барылмақта

Соңғы жаңалықлар