logo

Оразаның медициналық жақтан дәлилленген пайдалы тәреплери

«Медициналық-илимий излениўлер жуўмағына бола оразаның түрли дене ҳәм руўхый кеселликлерден қорғаўда, олардың алдын алыўда пайдасы бар екени анық болды.

Айрым мысаллар келтиремиз:

1. Ораза инсандағы кеселликлерге қарсы иммунитетти күшейтеди. Себеби, ораза тутқан адамда бул мақсетке хызмет етиўши клеткалардың он есе көбейиўи илимий тәризде анықланған.

2. Ораза тутқан адамда семизликке қарсы тосық пайда болады. Себеби, әдетте семизлик аўқатты сиңириўдеги кемшиликтен, қоршаған орталықтағы, психологиялық ҳәм социаллық тәсирлер арқалы келип шығады. 

Гейде руўхый түскинлик те аўқаттың инсан денесине надурыс тәсир етиўине алып барыўы мүмкин. Әне усылардан ораза тутыў арқалы сақланыў мүмкин. Ораза тутқан адам руўхый, ақылый тынышлыққа ийе болады. Себеби, ораза адам ийманлы орталықта көп ибадат, зикир, Қуран тиләўатын қылып, ўақыт өткизеди. Түрли ашыўланыў, тынышсызланыў, урыс-жәнжеллерден узақ болады.

3. Ораза инсан денесин оның тоқымаларында топланып қалатуғын түрли зәҳәрли затлардан тазалаўға жәрдем береди. Бизге белгили, азық-аўқат, дәри-дәрмақ ҳәм ҳаўа арқалы инсан денесине көплеген зәҳәрли затлар кирип, топланып қалады. Әне сол затлар тек ораза тутыў арқалы шығып кетеди.

«Ҳәдис ҳәм Турмыс» китабынан

Дерек: «Paziyletuz» телеграм каналы.

Соңғы жаңалықлар