Қарақалпақгидромет хабар бериўинше, Республикамыз аймағында 5-апрель күни ҳаўа алағат бултласып, жаўын-шашын болмайды.Самалдың бағыты шығыстан тезлиги 7-12м/с. Айырым жерлерде самалдың тезлиги күшейип 17-22 м/с қа жетеди.
Ҳаўаныӊ температурасы Үстүрт тегислигинде түнде +5+10гр жыллы, күндиз +14+19гр жыллы.
Арқа ҳәм арқа-шығыс районларда түнде +8+13гр жыллы, күндиз +17+22гр жыллы.
Орайлық районларда түнде +9+14гр жыллы, күндиз +18+23гр жыллы.
Қубла районларда түнде +11+16гр жыллы, күндиз +20+25гр жыллы.
Пайтахтымыз Нөкис қаласында түнде +12+14гр жыллы, күндизги ўақытлары +20+22гр әтирапында жыллы болыўы күтиледи.
