logo

❗️ Социал тармақларда сырт елден «перевод» қылыў ҳаққында жалған ҳүжжет тарқалмақта

Социал тармақларда сырт елден оқыўды көшириў бойынша Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министриниң биринши орынбасары К.Каримов қолы түсирилген хат ҳәм хаттағы мағлыўматлар ҳеш қандай тийкарға ийе емес, жалған.

Ҳүрметли социал тармақ пайдаланыўшылары!

Ҳәр түрли жалған хабарларға исенип қалмаўларыңызды және бир мәрте сорап қаламыз ҳәм ЖООға оқыўды көшириўге байланыслы ҳәр қандай хабардың ҳақыйқыйлығы биринши министрликтиң телеграмдағы @eduuz рәсмий каналы арқалы тексерип көриўиңизди усыныс етемиз.

Сол менен бирге, тийкарсыз ҳәм жалған хабарды тарқатқанлық ушын нызамшылықта жуўапкершилик белгиленгенин және бир мәрте еслетип өтемиз.

Соңғы жаңалықлар