Нөкис қаласындағы 7 мәҳәлле «Аўыр аймақ»лар дизимине киргизилип, бүгинги күнде кеӊ көлемли абаданластырыў жумыслары даўам етип атыр. Кегейли районы жоллардан пайдаланыў унитар кәрханасы тәрепинен Қутлы мәкан МПЖ аймағындағы ишки хожалық жолларында қурылыс-оӊлаў жумыслары алып барылып атырған болып, режеге тийкар Айтолқын, Нәўше, Ғумша, Жаӊа ел, Ораз аталық, Жаӊа бирлик көшелеринде жумыслар даўам етпекте.
Ҳәзирги ўақытта топырақ жумыслары (грунт) алып барылып атыр. Буннан соӊ топырақ жоллары қум-щебень араласпалы жолларға айландырылады.
Айтып өтиў орынлы, аймақта 17 км ден зыят ишки хожалық жоллары қум-щебень араласпалы жолларға айландырылыўы режелестирилген.
Дерек: Қарақалпақ Автожол
