logo

Жерге жоқары тезликтеги астероид жақынласпақта

NASA Жерге узынлығы 77-170 метр арасында болған «2017 WН13» астероиды жақынласып атырғанын мәлим етти. Бул ҳаққында «The Jerusalem Post» хабар берди.

Қәнигелер астрономиялық дене көлемин бийиклиги 12,4 метр болған Рикс тринозавры менен салыстырған. 

Нәтийжеде усы астероид алты тиранозаврдан узынырақ болыўы атап өтилген. 

«2017 WН13» Аполлон класындағы астероид болып, бул оның Қуяш әтирапындағы орбитасы Жер менен кесилисиўди аңлатады.

Бирақ оның планета менен соқлығысыў итималы аз. 

NASA есап-китапларына бола, астероид Жерден 2 миллион километрден артық аралықтан ушып өтеди. 

Салыстырыў ушын, Ай Жер әтирапында шама менен 384 000 километр аралықта айланады.

Дерек: Makan.uz

Соңғы жаңалықлар