logo

Кешиккен пенсиялар толық төлеп бериледи

Республикада карантин жәрияланған мүддеттен баслап (2020-жыл 24-март) айырым себеплерге бола жасқа байланыслы пенсия тайынланыўы ушын өз ўақтында мүрәжат ете алмаған пуқараларға өткен дәўирлер ушын да қаржы толық төлеп бериледи. Бул ҳаққында Пенсия қорының мәлимлеме хызмети хабар берди.

Мысал ушын, 2020-жыл 1-май күни пенсия жасына жеткен пуқара ҳәр қыйлы себеплерге бола 2022-жыл январь айында Пенсия қорына мүрәжат етсе, пуқараға 2020-жыл 1-майдан пенсия тайынланады ҳәм өткен 20 айға пенсия муғдары төлеп бериледи.

Қарақалпақстан хабар агентлиги

Соңғы жаңалықлар