logo

❓Күн өтип кеткенде биринши жәрдем көрсетиўди билесиз бе?

☀️ Қуяш урып, күн өтип кеткен адамды дәрҳал сая жерге жатқарып, үсти-басын шешип, муздай суўда ығалланған простыня пүткил денеге оралады, сүлгини муздай суўға ығаллап басқа қойылады. Мойын ҳәм қолтық тараўына муз қалталары қойылса пайда береди. Наўқасқа аз-аздан суйықлық ишириледи ҳәм қыстаўлы тез жәрдем шақырылады. Тез жәрдем жетип келемен дегенше жоқарыдағы емлеў усыллары даўам еттириледи. 

✅ Илажы барынша күнниң биринши ярымында бас кийим кийген ҳалда сейил етиў, күнлик аўқатланыў рационы болса жеңил сиңетуғын тағамлар ҳәм мийўе-палызлардан ибарат болыўы, көбирек суйықлық ишиў тийис. Кофе, ширели газленген суўларды қабыл етпеў мақсетке муўапық.

http://www.rkminzdrav.uz

Соңғы жаңалықлар