logo

Халық айтса, қалып айтпайды: Көпир қурған саўап ис

Жақында Тақыятас районындағы 4 Н-53 «4 К-4 Автомобиль жолы Тақыятас районы – Найманкөл ДФХ-Түркменстан Республикасы шегарасына» автомобиль жолының 0-км.де жайласқан көпирде қурылыс-оңлаў жумыслары алып барылып атырғаны бойынша хабар берген едик. Ҳәзирги ўақытта усы көпирде күнделикли оӊлаў жумыслары жуўмақланды. 

Халқымыздыӊ «Жол салған, көпир қурған саўап» дегениндей тақыятаслы жолшылар тәрепинен бул ийгиликли жумыс мүлтиксиз орынланды. Көпирдиӊ еки қапталына тайнапыр қәўипсизлик тосықлары орнатылып, көпир үсти плиталарына ислеў берилди. Мықлылығын арттырыў мақсетинде бетон қуйылып, беккемленди ҳәм бир тегис асфальт төселди. 

Енди найманкөлшилер биймәлел бийқәтер көпирден пайдалана алады. Бул бағдарда Тақыятас районы жоллардан пайдаланыў унитар кәрханасыныӊ жумысшылары аянбай мийнет етип, маӊлай терин сиӊдирген. 

Қарақалпақ Автожол

Соңғы жаңалықлар