Олардың бир бөлеги Москва менен мүнәсибетлерин пүткиллей үзиўди қәлейди.НАТО мәмлекетлери Россия мәселесинде кейинги қәдемлер бойынша өз-ара келисе алмай атыр. Бул ҳаққында The New York Times газетасы хабар берди.
Тийкарынан, Балтықбойы мәмлекетлери ҳәм Польша Москва менен мүнәсибетлерин пүткиллей үзиў тәрепинде болып турыпты. Керисинше, Франция, Германия ҳәм Туркия ҳәзирги жағдайға қарамастан РФ ҳүкимети менен байланысларды сақлап қалыў зәрүрлигин айтпақта.
6-7 апрель күнлери Брюсселде НАТОға ағза мәмлекетлер сыртқы ислер министирлери ушырасыўы болып өтпекте. Онда Украина мәселеси додалаўлар орайында болып турыпты.
Алдынырақ Польша бас министири Матеуш Моравецкий Россияға қарсы санкциялар нәтийже бермей атырғанын айтқан еди.
