logo

Камал Тарихов Қарақалпақстан Республикасы Суды баслығы етип сайланды

Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы ҳәм «Судлар ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамы талапларына муўапық, Қарақалпақстан Республикасы судыныӊ баслығын тайынлаў сессияныӊ нәўбеттеги мәселеси етип қойылды.

Оған муўапық, Судьялар Олий Кеӊесиниӊ Өзбекстан Республикасы Президенти менен келисилген жуўмағы тийкарында Жоқарғы Кеӊес Баслығыныӊ усынысына муўапық, Қарақалпақстан Республикасы судыныӊ баслығы лаўазымына Камал Тариховтыӊ кандидатурасы усынылды.

Талабанныӊ өмирбаяны менен танысып шыққан депутатлар Камал Тариховты Қарақалпақстан Республикасы судыныӊ баслығы лаўазымына сайлаў ҳәм де оны алдынғы жумыс орнынан босатыў ҳаққында қарар қабыл етти.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Соңғы жаңалықлар