logo

Қоңыратта жаңадан спорт майданшасы ашылды

Жаңадан қурылған спорт майданшасының салтанатлы ашылыўы болып өтти ҳәм онда биринши спорт беллесиўи шөлкемлестирилди.
Елимизде ғалабалық спортты раўажландырыўға, бул арқалы саламат турмыс-тәрзин кең ен жайдырыўға үлкен итибар қаратылмақта. Бунда, жаңадан қурылып атырған спорт майданшаларының орны әҳмийетли саналады.

Әйне усы мақсетте “Қоңырат регионаллық темир жол узели” унитар кәрханасына қараслы Қоңырат Локомотив депосының исши-хызметшилериниң спорт пенен турақлы түрде шуғылланыўлары ушын жаңадан спорт майданшасы қурып питкерилди.

Футбол майданшасы заман талапларына сай ҳәм анық стандартлар тийкарында қурылған болып, майданшада кәрхана хызметшилериниң спорт пенен шуғылланыўшылары ушын барлық шәраятлар жаратылған.

Кәрханада бүгинги күнде жәми 710 исши-хызметши жумыс пенен бәнт болып, соннан 376сы жас исши-хызметшилер қурайды. Жаңадан қурылған спорт майданшасында жаслар турақлы түрде спорт пенен шуғылланып, өзлериниң бос ўақытларын кеўилли өткермекте.

Қоңырат районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети

Соңғы жаңалықлар