6 апрель күни Варшава, Берлин, Вильнюс ҳәм Тбилисида Украинаның Буча қаласында өлтирилген тыныш халқына арналған ғалабалық акциялар болып өтти. Акция қатнасыўшылары қоллары артына байланған ҳалда жерге жатып алған — Бучадан Россия әскерлери шығып кеткенинен соң қала халқының жансыз денелери тап усындай жағдайда таўылған еди. Берлиндеги көргизбелер Россияның нефть, газ ҳәм көмири импортына эмбарго қойыўды талап қылды. 5 апрель күни Москва көшелеринде де қоллары байланған бир адамлық акция өткерген еди.Берлин

