logo

Социаллық тармақларда тарқалған видео бойынша рәсмий мағлыўмат

Орайлық дийхан базарда 41 000 сўм урлаған жас өспирим ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы ИИМ Мәлимлеме хызмети рәсмий мағлыўмат берди.
Усы жылдың 5-апрель күни саат 16:00 лер шамасында Нөкис қаласы "Орайлық дийхан базары" нда жайласқан автотранспортлар турар майданшасында “Дамас” маркалы мәмлекетлик белгиси 95 G 431 КА болған жөнелисли автотранспорт қуралына жолаўшы есабында минген Нөкис қаласында жасаўшы 2006-жылы туўылған С.А исимли жас-өспирим транспорт қуралының алды тәрепинде турған жәми 41 мың сум пулларын жасырын түрде алып, ўақыя жайынан жасырыныўға ҳәрекет еткен. Жас-өспирим тез арада гүмандар ретинде услап алынып ўақыя жүз берген орынға алып келинген ҳәм сол жерде турған пуқаралар тәрепинен видеоға алынып, социаллық тармақларға тарқатылған. Ҳәзирги ўақытта жүз берген бул ўақыя бойынша Нөкис қалалық ИИО ЖМБ тәрепинен тергеў алды сорастырыў жумыслары алып барылмақта.
 
Мағлыўмат ретинде 2021-жылдың ноябрь айынан усы күнге шекем, Қарақалпақстан Республикасы ИИМ хызметкерлери, Нөкис қалалық ИИО ЖМБ ЖҚБ өзгелердиң мүлкин талан-тараж етиўине қарсы гүресиў бөлими ҳәм Миллий гвардия хызметкерлери тәрепинен, "Орайлық дийхан базары" әтирапында өзгелердиң мал-мүлкин талан-тараж етпекши болған 18 шахс анықланған ҳәм олардың қарсысына тийисли тәртипте нызам шеңберинде жаза қолланылған.

Соңғы жаңалықлар