Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министриниң тийисли буйрығы менен 2022/2023-оқыў жылында сырт еллердеги жоқары оқыў орынлары, Өзбекстанда искерлик жүритип атырған мәмлекетлик емес ҳәм сырт ел (филиаллар) жоқары оқыў орынларынан мәмлекет жоқары оқыў орынларына оқыўды көшириў ушын өтиў баллары тастыйықланды. Бул ҳаққында Жоқары оқыў министри баспасөз хаткери хабар берди.Мәлим қылыныўынша, усы жыл систимасында жоқары оқыў орынлары болған министрлик ҳәм кеңселердиң усыныслары улыўмаластырылып, билимлендириў тараўлары кесиминде өтиў баллары белгиленген. Жөнелислер кесиминдеги өтиў балларын Telegram’дағы @infoeduuz_bot арқалы билиў мүмкин.
Фото: Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги
Еслетип өтемиз, 2021/2022-оқыў жылы ушын сырт ел ҳәм мәмлекетлик емес жоқары оқыў орынларынан оқыўды көшириў бойынша өткерилетуғын арнаўлы сынаўлар нәтийжесине көре топлаў мүмкин болған максимал балл 189 баллды қураған еди.

