– Бүгинги күнге шекемги алынған мағлыўматларға қарағанда быйыл өткен жылға салыстырғанда суўдың 15 пайызға көбирек болыўы күтилмекте,-деп мағлыўмат берди Қарақалпақстан Республикасы суў хожалығы министри ў.а. Бахтияр Жүзбаев бүгин министрликте болып өткен баспасөз конференциясында.– Быйылғы аўыл хожалығы жылында Қарақалпақстанда 28 800 га жерге салы егиў режелестирилип, дәрьяда суўдың муғдары өткен жылға салыстырғанда 15 пайызға көбирек болыўы күтилмекте. Бүгинги күнде Түйемойын суў сақлағышында 2 млрд 393 млн метр куб суў болса, соннан 2 млрд 200 млн метр куб суўға жеткенде дәрьяға суў шығыўы тоқтайды. Кейинги жағында суў сақлағышқа кирген суў муғдарындағы суў ғана шығыў мүмкиншилиги болады. Ҳәзир усы суў сақлағышқа секундына 400 млн метр куб суў кирип 554 млн метр куб суў шығып тур,-деп айтып өтти Б.Жүзбаев.
Жуўмақлап айтқанда, 2021-жылы дәрьяда суў 2020-жылға салыстырғанда 40 пайызға шекем кем болған. 2022-жылы 2021-жылға салыстырғанда 15 пайызға суў көбирек болыўы күтилмекте. Солай екен, суў өткен жылға салыстырғанда көбирек болғанлығы менен алдыңғы жылларға салыстырғанда кем болыўы болжам етилмекте.
Әбдималик ХОЖАНАЗАРОВ
elxizmetinde.uz
