Қарақалпақстан Республикасының Конституциясы алғы сөз, 6 бөлим, 26 бап, 121 статьядан ибарат.Конституция әмелге асырылып атырған демократиялық реформалардың ҳәм олардың нызамшылық тийкарларын жаратыўдың баслы ҳуқықый тийкары, инсан ҳуқық ҳәм еркинликлериниң исенимли қорғалыўының кепили болып есапланады.
Қарақалпақстан Республикасының Конституциясына 1994-жылы 26-февраль, 1995-жыл 31-октябрь, 1997-жыл 15-декабрь, 2003-жыл 12-ноябрь, 2014-жыл 27-июнь, 2019-жыл 29-июнь ҳәм 16-декабрь, 2021-жыл 12-февральдағы Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң тийисли шақырық ҳәм сессияларында өзгерис және қосымшалар киргизилген.
Қарақалпақстан хабар агентлиги
