logo

Диний мағлыўматы болмай турып диний тәлим бергиси келген шахс жуўапкершиликке тартылды

Бул бойынша топланған ҳәкимшилик ис материалы онлайн суд арқалы БЕМның 1 есеси 270.000 сум муғдарында жарийма жазасы тайынланды. Өткерилип атырған “Қаўипсиз аймақ” илажы даўамында 2022-жылы март айы ишинде Шымбай районы Шахтемир МПЖ аймақлық профилактика аға инспекторы майор Б.Ш.Ниетуллаевтың алып барған оператив-профилактикалық илажы ўақтында А.Қаражанов көшесинде жасаўшы пуқара К.Сның ҳеш қандай диний мағлыўматы болмай турып өзиниң перзентлерине диний тәлимнен сабақ берип атырғанлығы анықланып бул бойынша топланған ҳәкимшилик ис материалы онлайн суд арқалы қаралып 2022-жылы 8-апрель күни ЖИБ Шымбай районы суды тәрепинен пуқара Қ.Сның қарсысына ӨзРес ҲЖҳКниң 241-статьясы менен БЕМның 1 есеси 270.000 сум муғдарында жарийма жазасы тайынланыўына себепши болды. Пуқара Қ.С пенен алып барылған профилактикалық саўбетлер даўамында өзине тийисли жуўмақ шығарып алатуғынлағынын мәлим етти.

Бул ҳаққында zaman.uz сайты хабар берди.

Соңғы жаңалықлар