Сондай-ақ, Қазақстанның мәмлекетлик шегарасын ҳаўа арқалы кесип өтиў бойынша да барлық шеклеўлер алып тасланды.
Бунда Қазақстан пуқаралары ҳәм мәмлекет аймағында жасаў ушын рухсатнамаға ийе болған сырт еллилер және өз ара шаншыў паспорты болған сырт ел пуқаралары ушын ПШР усылынан пайдаланған ҳалда COVID-19 тестиниң терис нәтийжеси, сертификат ямаса шаншыўдың толық курсын жуўмақлағаны ҳаққындағы ҳүжжетти (паспортты) мәжбүрий усыныў, COVID-19ға қарсы қайтадан шаншыў талабы сақланып қалады.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.

