Пәрманға бола, 2022-жыл 1-апрелден баслап:
мийнетке жарамсыз пуқараларға берилетуғын майыплық напақасы ҳәмде мийнет стажы толық болмаған майыплық пенсиясының ең кем муғдары қосымша төлеўди есапқа алған ҳалда - 440 000 сӯмнан 622 000 сӯмға шекем асырылды;
өзгелер күтимине мүтәж майыплығы болған 18 жасқа шекемги балалардың күтими менен бәнт болған баланың нызамлы ўәкилине ҳәр айда 500 мың сӯм муғдарында напақа төлеўи енгизилди.
Өзгелер күтимине мүтәж майыплығы болған 18 жасқа шекемги балалардың күтими менен бәнт болған баланың нызамлы ўәкилине напақа Мәмлекетлик хызметлер орайлары яки Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлери порталына мүрəжаты тийкарында бюджеттен тысқары Пенсия қорының қала ҳəм районлық бөлимлери тәрепинен тайынланады ҳәм төленеди.
Сондай-ақ Пәрман менен, өзгелер күтимине мүтәж болған 18 жасқа шекемги балалардың кеселликлери дизими (34) тастыйықланды.
ҚР пенсия қоры
