logo

Төрткүлдеги резина ислеп шығарыў цехында өрт жүз берди

Бүгин, 26-июль күни Төрткүл районы «Уллыбағ» АПЖ да жасаўшы пуқара, Р.Р ға тийисли болған резина ислеп шығарыўшы цехта өрт келип шықты.
Төрткүл районлық айрықша жағдайлар бөлиминиң мәлим етиўинше, бул жағдай бойынша орынға саат 13:40 та шақырыў келип түскен. Ўақыя орнына те жетип барған өрт өшириў автомобиллери саат 14:05 те өртти пүткиллей өшириўге ерискен, делинеди район ҳәкимлиги хабарында.
Өрттен дене жарақатын алғанлар жоқ.
Дерек: zaman.uz

Соңғы жаңалықлар