
Сақлап қалыўдыӊ имканияты бар ма?
Барлығына Шерматов айыплы ма?
Сол ўақытлары Өзбекстан билимлендириў министри болған Шерзад Шерматов газета-журналларға мәжбүрий жазылыўға шек қойған инсан сыпатында көпшилик тәрепинен атап өтилетуғын болды. Бирақ мениӊше, баспасөз системасыныӊ дағдарысқа бет бурыўына, мәжбүрий жазылыўдыӊ тоқталыўы бирден-бир себепши емес. Мәжбүрий жазылыў процесиниӊ тоқталыўы теӊгениӊ бир тәрепи. Қарақалпақстанда газеталардыӊ дағдарысқа ушыраўына бир неше факторлар тәсир етти. (Tilda) - Дағдарысқа тәсир еткен тийкарғы факторлар
Дағдарыстыӊ дабылы тоқсаныншы жыллары қағылған еди
- Формациялар өзгериси
- Базарға бейимлесиў
Еле есимде әкем «Жеткиншек» газетасыныӊ сол ўақытлары бас редакторы болған дәўирде балалар газетасы бир силкинип алды. Әкем бурыӊғы формацияныӊ тийкарында қәлиплескеннен соӊ, хызметкерлер менен өзиниӊ де айлықсыз ислеген ўақытларында қатты қыйналды. Ҳәтте, газетаны жабыў керек пе екен деген пикирлер айрым кеӊ коридорлы кеӊселерде айтылған қусайды.
- Жеке меншик газеталардыӊ исенимсиз адымлары
- Мәжбүрийден қашыў дәўири
«Ғумша»

Тилекке қарсы, журнал базар қатнасығы соққысына төтепки бере алмады
Интернет басылымларыныӊ раўажланыўы да газеталардыӊ тиражыныӊ түсиўине себеп болды
Жергиликли газеталардыӊ тиражларыныӊ түсиўине себепши болған биринши қоӊыраў интернет басылымларыныӊ пайда болып, аудиторияныӊ бир бөлимин тартып ала баслағанда басланды. Екинши қәўипли қоӊыраў мәжбүрий жазылыў компаниясыныӊ ҳәўиж алғанынан соӊ қағылды.
Лекин, интернет басылымларыныӊ тәсир ете баслағанынан баслап мәжбүрий жазылыў компаниясы иске түсемен дегенги аралықта бир нешше жыллар өтип кетти. Сол ўақыт ишинде газета ҳәм журналлардыӊ интернет тармағына бейимлесиў ушын ўақыт бар еди, бирақ жергиликли газеталар менен журналлар бул имканияттан толық пайдаланбады (сәтсиз ҳәрекетлер болғанлығын жасыра алмаймыз).
Жазылыўшыныӊ газетаға жазылыўға қурбы жетеме?

2021-жыл бойынша мәмлекетлик статистика басқармасының мағлыўматына қарағанда Өзбекстанда орташа номинал айлық 2.8 миллион сўмды қураған. Мейли сондай ақ болағойсын. Неге дегенде 1 миллион сўм әтирапында айлық алатуғынларда көп.
Мәселен Н исмли жазылыўшы 2.8 миллион айлық алады деп көз алдымызға келтирейик, егер ол бир жылға «Еркин Қарақалпақстан» ға жазылатуғын болса айлығыныӊ 25.35% тин жумсаўына туўра келеди. Н шаӊарақта бир өзи айлық алатуғын болса, газетаға жазылған айында көп нәрселерден ўаз кешиўине туўра келеди. Лекин коммунал төлемлер менен банк кредети төлемлери кейинги айға қарап турмайды. Мәселен коммунал төлемлерге 600 мыӊ сўм төлесе (қыс айларында бир жайға 1000 кубқа шекем газ жағылады). Және кредитине 1.5 миллион төлесе, демек сол айда Н ниӊ көп нәрселерге қолы келтелик қылады.
«Еркин Қарақалпақстан» нан нелерди оқыўға болады?

Узын-шубай кирисиў, материалды узақтан
айландырып баслаў стили
Газетаның 2021-жыл 16-октябрь, 112-санында жәрияланған «Аудит» бағдарындағы биринши илимпаз» атамасындағы материалда да мазмунға сәйкес келмейтуғын кириспе, шеннен тыс жылларға байланған мағлыўматлар тийкарғы мазмунның ашылыўына кери тәсирин тийгизген. Бул материалдың да кирисиў бөлими қаҳарманның портретине байланыслы болмаған пикирлер менен басланады: «Илим – ҳәр қандай мәмлекеттиң бүгинги ҳәм ертеңги келешегин белгилейтуғын әҳмийетли тараўа есапланады. Өзбекстан илими әзелден адамзат цивилизациясына теңи-тайы жоқ үлес қосқан, дүнья жүзи илим ҳәм мәдениятының бағдарларын белгили дәрежеде белгилеп берген уллы алымлары, ағартыўшылар менен дүньяға танылған». Материалды қайсы жанрға жатқарыўға да ойланып қаласаң, портрет очерк деп атап өтейин десек, қаҳарманның келбети ашылмаған, есап жанрына туўра келмейди. Бирақ материалды жыллар көп, жас илимпаздың қашан туўылғаны, қашан университетти питкергенлигине байланыслы сәнелер көп. Аудиторлық бағдарының бүгинги глобал исбилерменлик системасындағы орны ҳәм басқада улыўмалық пикирлер материалдан орын алған. Бирақ, материалда илимпаз тәрепинен таярланған илимий жумыстың басқа уқсас жумыслардан айырмашылығы, бул жумыс Өзбекстан аудит системасының раўажланыўына қалай тәсир етеди деген ең әҳмийетли сораўларға жуўап жоқ.
«Жеткиншек» газетасы сайтыСоциаллық тармақларға жалғанбаған сайтлар
Аудиторияны интернет басылымлары сайтларына өткере алмай, постларды тек ғана социаллық тармақларда жайластырып атырған информациялық орталықтағы түсиниксизлик дәўиринде жергиликли газеталардыӊ көпшилигиниӊ сайтлары жоқ.
Атап өтетуғын болсақ, «Еркин Қарақалпақстан» газетасыныӊ сайты бар деп айтыўға да тилиӊ бармайды, себеби, сайт газетаныӊ қағаз нусқасы басып шығарылған ўақытта ғана жаӊаланады. Буннан соӊ және тәнепис.
Сайт мәжбүрликтен алып барылып Сайттыӊ биринши бети қағаз нусқасын көз алдыӊа елеслетиў имканиятын бермейди. Электрон нусқа қағаз нусқаныӊ тийкарғы көринислерин өзинде жәмлестириўи керек. Және, оқыўшылар ушын навигатор хызметин атқаратуғын рубрикаторлар жоқ. Сайттың тыянақлы логотипи жоқ, сайт ҳеш қандай қағаз нусқаны елеслетпейди. Реңи де сәтсиз таңланған.
Сайттың және бир тартымсыз тәрепи қағаз нусқада жәрияланған фотосүўретлерли материаллар сайттағы вариантында фотосүўретсиз жәрияланады. Бул өз гезегинде визуаллықты сүйетуғын платформаның тартымлылығын және бир есе түсирип жибереди.
Балалар ҳәм жас өспиримлердиӊ «Жеткиншек» газетасыныӊ виртуал тармақтағы нусқасын www.jetkinshek.uz сайтынан табыўға болады. www.jetkinshek.uz сайты да газетаныӊ қағаз нусқасы шыққан соӊ ғана жаӊаланады. Айрым тектлердеги шрифтлер өзгерип кеткен, оқыў имканияты жоқ.
Тилге алған газеталар виртуал тармақта өз нусқасына ийе болғанлары. Көпшилик газеталар виртуал тармақта өз контентине ийе емес. Тилекке қарсы, жергиликли газеталар социаллық тармақларда белсенди емес. Бул еӊ тийкарғы кемшилик. Ҳәзирги аудитория жаӊалықлар менен ўақыя ҳаққындағы хабарларды социаллық тармақлардан оқып алады, ҳәтте сайтқа ди кирип отырмайды. Сондай дәўирде социаллық тармақлардыӊ имканиятларынан туўры пайдаланбаў, газеталардыӊ салмағын және төменлетип жибереди.
Экспертлер не дейди?
Тамара МашариповаФилология илимлери докторы
Газеталарды кризистен алып шығыў жолларын еӊ дәслеп сол газетаныӊ шөлкемлестириўшилери, яғный ийелери ойлаўы тийис. Газета усы мәкеме ушын зәрүр ме, деген мәселени шешип алыўы тийис. Егер зәрүр болса, кейинги қәдем тасланады.
Оқыўшылар газетаға жазылғанды қойды. Хабарларды тв, радио ҳәм интернеттен алып атыр.
Газета шығарыўшылар базар қатнасықлары заңлылықларына таяр емес екен. Оперативлик, дөретиўшилик қатнас пенен бизнести қоса алып бара алмай қалды. Жаңа техника, технологиялардың абзаллықларын ўақтында өзлестире алмады. Яғный заманға сай аяқ қоса алмады.
Қәлем ҳақы, айлықлар, премиялар азайыўы журналистлерде жақсы жазыўға умтылыўды пәсеңлетти.
Газеталардың электрон нусқаларын шығарыў халықты көбирек жаңалықлар менен өзгерислерден хабардар етеди. Бул усылдан редакция пайдалана билиўи тийис. Жақсы макалалар бериү ареалы реклама хызметин жақсылап, финанслық ҳалатын беккемлеп алыўы мүмкин.
Александр АмзинМедиаэксперт, Россия
Дүнья жүзинде қағаз газеталар өз жумысларын онлайн тәризде алып барыў бойынша ҳәр түрли вариантларды қолланып көрип атыр: жаӊа бетлер, кеўил ашар контент, QR-кодлар арқалы онлайн нусқаны қағаз нусқа менен байланыстырыў.
Онлайн нусқа жаӊа оқыўшыларды тартыўды мақсет етип алған болса, қағаз варианты менен онлайн варианты оқыўшыларыныӊ қайсы контентлерди оқый алатуғынлығын ажыратып алыў керек. Мәселен, онлайн нусқада тек ғана жазылыўшы ушын ашық болған материалларды оқый алыўы мүмкин болады (силтемелер менен қағаз нусқадағы QR-кодлар жәрдеминде оқыў имканияты жаратылыўы мүмкин). Яғный, қағаз нусқа менен онлайн нусқа оқыўшылар ағымын бири-бирине бағдарлап отырады.
Улыўмаластырып айтатуғын болсақ, тилеклес болған оқыўшы өзи ушын қағаз нусқа керек пе, яки онлайн нусқа ма, деген сораўды бермейди. Егер оқыўшы сол брендке садық болса ол қолайлы болған қурылмадан пайдаланады. Бул оқыўшыныӊ әдетлерине байланыслы.
Газетаныӊ онлайн нусқасын қағазына бәсекилес сыпатында қабыл етпеў керек, ал оны жаӊа оқыўшыларды тартыўшы контент ретинде қабыл етиў орынлы. Яғный онлайн нусқа қағаздыӊ жанапайы сыпатында қабыл етилгенлиги мақул болады.
Абдисамет Абдимуратов«Тынышлық сақшысы» газетасы бас редакторы
Жаңа ғалаба коммуникация каналлары - Интернет ҳәм социаллық тармақлар арқалы кең жәмийетшиликке пүткил дүнья бойлап газета мағлыўматларын узатыў имкәниятын жаратты. Буның нәтийжесинде, кем-кемнен аудиторияның шеклениўине тәсир ететуғын айырым факторлар жемирилип баратырғанын көремиз. Солай екен, заманагөй шәртлерге интеграцияласпаўдың ҳеш бир иләжи жоқ. Әсиресе, халық пенен пикирлесиў, адамлардың арзыў-нийетлери, дәрти ҳәм тәшўишлери менен жасаў мәмлекет сиясаты дәрежесине көтерилип атырған бир пайытта ҳәр бир газета, шын мәнисиндеги пикирлесиў майданшасына, еркин пикир минберине айланыўы зәрүр.
«Тынышлық сақшысы» газетасы бүгинги кунде Республикадағы көплеген Онлайн басылымлар менен бәсекелесиўге кирисип, 2021-жылдың февраль айында газетаның рәсмий телеграмм каналы хызметин жолға қойды. Ҳәзирги ўақытта газетаның хабаршылары аз санлы болса да, усы телеграмм канал контентин толтырыў ҳәм бир ўақыттың өзинде газетаның қағаз форматын таярлап баспада шығарыў жумысларын әмелге асрады. Буннан тысқары, усы жылдан баслап газетаның YouTube, Instagram социаллық тармақларында өз материалларын ҳәм контетин тарқатады ҳәм усындай жол арқалы газетаның аудиториясын және де кеңейтиўге, умтылмақта.
Карақалпакстан газеталарын кризистен алып шыгыў ушын бүгин редакцияларымыз 3 нәрсеге итибар қаратыўы лазым:
1.Терең аналитикалық мақалалар жардеминде оқыўшыларды қайтарыў;
2.Дәрамат дерегин көбейтиўге жаңаша қатнас жасаў
3.Түрли форматларды бирлестип конвергент редакция сыпатында визуал қураллардан өнимли пайдаланыў.
Бүгинги күни медиаға ийелик етиў, ақшаны қайдан табыў керек деген дилемманыӊ жуўабын излеўге мәжбүрлейди. Пайда табыў мүмкин емес.
Евгения Альбац, The New Times журналы бас редакторы
АҚШ, Уллыбритания ҳәм Европаныӊ раўажланған мәмлекетлери әллеқашан ақ виртуалтан тармақ өз орынларын таўып алды. Енди олар виртуал тармақта жаӊа оқыўшыларды өз өнимине тартыўды ойламақта.
The Telegraph, The Guardian, WSJ оқыўшылар санын көбейтиўдиӊ ҳәр қыйлы усылларын қолланып көрмекте
Газеталар қағазда шыққанда газета басып шығарыўшылары адамлардыӊ күнделикли әдетлери, шай үстинде, яки бос ўақытларында отырып газета оқыўына исенетуғын еди. Лекин бул модель өз актуаллығын жоғалтты. Сол ушында газета редакциялары оқыўшыларына жаӊа әдетлерди сиӊдириўге ҳәрекет етпекте.
The Telegraph тәжирийбеси
Twipe компаниясы менен биргеликте “Project Habit” жойбарын иске түсирди. Аудиторияныӊ әдетлерин үйренип шыққаннан соӊ тийкарғы беттиӊ ашылыўы 9 дан 5.5 секундқа түсирген ҳәм The Briefing подкастын (подкастинг – видео ҳәм аудиофайллардан пайдаланыў процеси) Apple Podcasts, Spotify, Alexa ҳәм WhatsApp каналларында иске түсирген.
The Briefing жумыс күнлери азанда ҳәм кешке бериледи. Онда баслаўшылар еки минут ишинде еӊ әҳмийетли хабарлар ҳаққында айтып өтеди.
The Wall Street Journal тәжирийбеси
Басылым оқыўшылардыӊ әдетлерин үйренип шыққан ҳәм компания маркетологлары оқыўшылар газета қосымшасын жүклегенде яки жаӊалықлар жөнетпелерине жазылғанда олардыӊ итибарын басқатырмалар тартатуғынын анықлаған. WSJ дыӊ сынап көриў тарифи 12 ҳәптеге 12 долларды қураған.
Қосымшада ҳәр күни жаӊа судоку, ҳәптесине 15 мыӊ архив кроссвордларға қосымша 15 жаӊасы пайда болады.

The New York Times тәжирийбеси
The New York Time газетасыныӊ жаӊалық өнимлери аналитикасы бойынша аға менеджер Ева Росс оқыўшылар арасында көбирек тестлерди шөлкемлестириўди усыныс етеди. Ол оқыўшылардыӊ әдетин үйрениўге ҳәм оны жазылыўшыға конвертация етиўге көмеклеседи деп атап өтеди.
Басылым оқыўшыларыныӊ итибарын тартыў ушын кроссвордлардан пайдаланады, лекин бунда социаллық механиканы да қолланады. Бир тәрептен оқыўшы қосымшада өз статистикасын көрип барыўы мүмкин, яғный неше күн даўамында избе-из шешкенлиги, кроссвордты шешиў ушын қанша ўақыт сарыплағанларын бақлап отырады.
Екиншиден басылым өзиниӊ Wordplay Twitter акаунтынан пайдаланады. Яғный онда оқыўшы басқалар менен байланыста болады.
Жағдайды жақсылаў ушын имканият бар
Қарақалпақстан газеталары ушын да жаӊа платформалардыӊ имканиятларынан толық пайдаланыў мүмкиншилиги бар. Бириншилерден, бир нешше жыллық тарийхқа ийе «Еркин Қарақалпақстан», «Қарақалпақстан жаслары», «Жеткиншек» киби бредлер ушын виртуал тармақта аудитория жыйнаў қыйын емес. Пайдаланыўшылар көбейсе олардыӊ қызықтырыўдыӊ имканиятларын да қарастырыўға болады. Екиншиден, тармақтағы платформа арқалы қызықлы контентлерди толық оқыўы ушын қағаз нусқаға бағдарлаў мүмкин. Үшиншиден, реклама табыўдыӊ жаӊа көзи ашылады. Солай екен, виртуал тармақтыӊ имканиятларынан пайдаланып, газеталардыӊ медаи базарда орнын сақлап қалыў мүмкин.
Хурмет Атажанов,
Журналист
Zaman.uz
