
2022-2023 оқыў жылынан баслап “Заковат” интеллектуаллық ойыны ҳәм басқа интеллектуаллық ойынлардың республика басқышында жеңимпаз болған топар ағзалары ушын жыл даўамында ҳәр ай “Заковат стипендиясы” бериледи.
“Заковат стипендиясы” интеллектуаллық ойынлардың республика басқышында төмендегише бөлистириледи:
1-орынды алған оқыўшы - жаслар ҳәм студентлерге БЕМның 5 есеси муғдарында (ҳәзирде 1 350 000 сўм);
2-орынды алған оқыўшы - жаслар ҳәм студентлерге БЕМның 4 есеси муғдарында (ҳәзирде 1 080 000 сўм);
3-орынды алған оқыўшы - жаслар ҳәм студентлерге БЕМның 3 есеси муғдарында (ҳәзирде 810 000 сўм) белгиленеди ҳәм жыл даўамында ҳәр ай төлеп бериледи.
