Усы жылдың 1 апрель жағдайына республиканың турақлы халық саны 35,4 млнды қурап атыр. Бул ҳаққында Мәмлекетлик статистика комитети хабарлады.Жазылыўына қарағанда, жыл басынан бери турақлы халықтың өсиў тезлиги 0,5 процентке асқан. Өзбекстан халқы жыл басынан бери ҳәр айда орташа 54,2 мыңға көбейген.
2022 жылдың ҳәр бир күнинде турақлы халық саны орташа 1,8 мың адамға көбеймекте.
Мағлыўмат орнында, өткен жылдың октябрь айында ҳәр бир күнде турақлы халық саны орташа 1,9 мың адамға өсип атырғаны айтылған еди.
