logo

Наўқасларды тек дәри менен емес, бәлким мийрим ҳәм ақыл менен емлеў де зәрүр әҳмийетке ийе

Президентимиз медицина хызметкерлери ҳаққында пикир билдирди.
​Өкинишлиси, денсаўлықты сақлаў мәкемелеринде айырым шыпакерлердиң халық пенен қопал мүнәсибетте болыўы, адамларды менсинбеўшилик, өз ўазыйпасын кери мақсетте пайдаланыўы сыяқлы унамсыз жағдайлар еле ушырасып турыпты.

Бундай жағдайларды өзгертиў ушын, дәслеп, медицина хызметкерлериниң руўхый дүньясын, наўқаслар менен байланыс мәдениятын көтериў зәрүр.

Жеке өзим, Президент ретинде сизлердиң машақатлы мийнетиңизди жоқары дәрежеде қәдирлеймен. Қалаберди, шыпакердиң перзенти болғанымнан мақтанаман.

Сол себепли барлық медицина хызметкерлери жәмийетимиздиң ең мәдениятлы қатламы, оқымыслы адамларымыздың ең биринши ўәкиллери болыўын әрман етемен.

Қандай шараят ҳәм мүмкиншиликлер керек болса, мәмлекетимиз барлығын жаратып бериўге тайын екенин және бир мәрте айтаман”, -деди мәмлекетимиз басшысы.

ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги

Соңғы жаңалықлар