logo

Белсендилик ҳәм пидайылық баҳаланған ушырасыў

13-апрель күни университет мәденият сарайында оқыў жылы даўамында белсендилик көрсетип жетискенликлерге ерисип киятырған әдеп-икрамлы, қызларымыздың аналарына ҚМУ ректорының алғыснамалары салтанатлы рәўиште тапсырылды. Сондай-ақ, студент-қызлардың оқыўда ҳәм жәмийетлик жумысларда белсендилигин арттырыў оларда ана-Ўатанға садықлық, пидайылық сезимлерин еле де раўажландырыў, шаңараққа, келешек турмысқа таярлаў, өзлери таңлаған қәнигеликлерине жуўапкершилик, миллий үрп-әдет, дәстүрлеримизди, әдеп-икрамлылық, ийбелилик сыяқлы пазыйлетлерди бойына сиңдириўге хызмет етиўши "ДӘЎИР ҚЫЗЛАРЫ" таңлаўының жеңимпазлары ҳәм белсенди қатнасыўшылары ҚМУ ректораты тәрепинен диплом ҳәм ҳәр бир қыз орынлар кесиминде ақшалай сыйлықланды.

Илажда «Ҳүрлиман» халық ансамбльи ҳәм студентлер тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы сахналық көринис ҳәм көргизбелер бәршеге кеўилли кейпият бағышлады.

Ҳаял-қызлар мәсләҳәт кеңеси ағзасы - Гүлбахар Қазақбаева

Соңғы жаңалықлар