Усы жылдың 14-апрель күни саат 13:10 лар шамасында Шымбай районы «Бахытлы» АПЖ аймағында жайласқан Қарақалпақстан Республикасы Дийханшылық илмий-излертлеў институтына қараслы көлде өрт келип шыққан. Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасының мағлыўмат бериўинше, жәми 3 гектар майданға ийе «Баҳалы» көлиниң 0,35 гектар жери өрттен зыянланған.
«Өрт саат 13:48 де өширилди. Көл атирапына турақ жайлардың узақ аралықта жайласқанлығы себебли пуқараларға ҳәм олардың мал-мүлкине зыян жетпеген.
Өрттиң келип шығыў себеби сорастырыўлар даўамында анықланады».
Шымбай районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
