Дзюдо бойынша -81 килограмм салмақ категориясында Токио-2020 Олимпиадасында қатнасып атырған қарақалпақстанлы палўан Шарапатдин Балтабаев бүгин беллесиўлерге киристи.Дәслепки беллесиўде Шарапатдин Балтабаев вануатулық Хуго Кумбоны иппон баҳасы менен бирнеше секундтың өзинде жеңип шыққан болса, екинши айналымда тәжирийбели дзюдошы есапланған болгариялы Ивайло Ивановқа қарсы гилемге шықты.
Қуўанышлысы, онда жерлесимиз Шарапатдин Балтабаев жеңиске ерисип, шерек финал жолламасын қолға киргизди.
Шерек финалда оның қарсыласы 2019-жылғы жәҳән чемпионы, австриялық Шамил Борчашвили болады.
KKnews.uz
