Хукимет қарары менен Мәмлекет жер ҳәм кадастр қадағалаўын әмелге асырыў тәртиби туўырысындағы нызам тастыйықланды. Бул ҳаққында «Huquqiy axborot» телеграм каналы хабар берди.Нызамға бола, жер қадағалаўы ҳәкимлер тәрепинен, Кадастр агентлиги, Аўыл хожалығы министрлиги, Экология комитети тәрепинен өткериледи.
Кадастр қадағалаўын болса Кадастр агентлиги алып барады.
Жер қадағалаўы комитети тийкарынан 10 жумыс күнинен көп болмаған мүддетке өткериледи:
Жер мониторингинде нызам бузылыўы гүзетилгенде;
▫️электрон систима арқалы ҳәм аэрокосмик сүўретлери салыстырыўда нызам бузылыўы белгиленгенде;
▫️жер нызамшылығы бузылыўына байланыслы мүрәжатлерге көре;
▫️ҒХҚ ямаса социал тармақлардағы хабарлар тийкарында;
▫️суд ҳәм басқа органларға жерга байланыслы ҳуқықбузарлық ҳаққында информация келип тускенде.
Кадастр қадағалаўы кадастрды жүритиўге жуўапкер органлар тәрепинен Мәмлекет кадастрлары жалғыз системаға киритиў ушын информация бериў, юридик ҳәм физикалық шахслар тәрепинен кадастрға байланыслы нызамға әмел етилиўин қадағалаўлан ибарат.
