Өзгидромет хабарына көре, бүгин, 15 апрель күни Өзбекстан бойынша кем булутлы ҳәм жыллы ҳаўа райы болыўы күтилмекте. Күндизги ҳаўа температурасы +28...+33 дәреже әтирапында болады.Дем алыс күнлери аймақлардың үлкен бөлегинде жаўын-шашынсыз ҳаўа райы сақланып турады, тек ғана Қарақалпақстан Республикасында, Хорезм ўәлаятында ҳаўа бултлы болады айырым жерлерде қысқа мүддетли жаўын жаўады, сондай-ақ гүлдирмама болыўы мүмкин.
Шөл аймақларда ҳәм арқада айырым жерлерде самал 17-22 м/с ге шекем күшейеди, айырым жерлерде шаң тозаң гүзетиледи.
Усы күнлерде ҳаўа температурасы түнлери +14...+19 дәрежени, күндиз күнлери +30...+35 дәрежени қурайды, бул норматив муғдардан 6-8 дәреже жоқары болады.
