Автомобиль жоларыныӊ жыллар даўамында хызмет етиўи ушын жол тараўы хызметкерлери турақлы түрде сақлап турыў жумысларын алып барады. Қыс күнлери қысқы қараў жумыслары шеӊберинде автомобиль жоллары қардан тазаланып, жыйналып қалған суўлары алып тасланады. Күнлер бир нәўийе жылығаннан соӊ автомобиль жоллары сыртқы қапламасыныӊ шыдамлылығын сақлап турыў, олардыӊ турақлы хызмет етиўин тәмийнлеў мақсетинде ҳәр қыйлы шығындылардан тазалаў жумыслары барқулла алып барылады. Хожели районы жоллардан пайдаланыў унитар кәрханасы тәрепинен республикалық әҳмийетке ийе 4 Р-174 «Нөкис-Хожели» автомобиль жолы ҳәм жергиликли әҳмийетке ийе 4 К-41 «Қарақалпақстан Д.Х.» автомобиль жолларында бәҳәрги тазалаў жумыслары алып барылмақта.
Қарақалпақ Автожол
