Ташкент районы Экология ҳәм қоршаған-орталықты қорғаў бөлимине Ташкент районы ИИБ инспекторы тәрепинен усы районда жасаўшы пуқара өзи жасап атырған үйинде Африка арысланының баласын ҳеш бир қәўипсизлик қағыйдаларына әмел қылмай бағыўы усы қәўипли ҳайўан менен жүзеге келиўи мүмкин болған кеўилсизликлердиң алдын алыў бойынша мүрәжат етеди.Мәлим болыўынша, пайтахтта турақлы дизимде турған, 2004-жылда туўылған пуқара Африка арысланының баласын бағып атырғаны мәлим болды. Үйрениўлер даўамында пуқарадан усы арыслан баласын алып келиў, сақлаў киби жағдайлар бойынша керекли ҳүжжетлер соралғанда ҳеш қандай ҳүжжетлери жоқ екенлигин айтып, өзиниң қызығыўы себепли үйинде бағып атырғанын билдирди.
Ташкент районы Экология бөлими инспекторлары тәрепинен дәслепки ҳүжжетлер рәсмийлестирилди ҳәм ўақтынша сақлаў ушын арыслан баласы «STEPPE TURTLES» ф/х питомнигине суд қарары қабыл етилемен дегенше тапсырылды.
