Усы жылдың 1-апрель күни ҚР ИИМ ЖИБ, район ИИБ ЖИБ ҳәм ДХХ инспекторлары тәрепинен өткерилген оператив илаж даўамында Беруний районында 1963-жылда туўылған, бурын ӨзРес ЖКниң 273-статясы 5-бөлими менен судланған, Ю.Ғ атлы шахс Беруний районы Қыят АПЖ ишки жолында тоқтатылып, гүманлы ҳәрекетлер ислегени себепли, район ИИБ не алып келинген.
ИИБ да тийисли хызметкерлер тәрепинен қасындағы буйымлары шығарылыўы соралғанында, ол өз қәлеўи менен шулығының ишине жасырып қойған, ақ реңли қағаз орамын шығарып берген ҳәм бул қағаз орамына оралған өним қалыслар қатнасыўында ашып тексерип көрилгенинде, клёнкаға оралған, өткир ийисли, қоңыр элемент бар екенлиги анықланып материаллық дәлил есабинда алынып, қалыслар қатнасыўында конвертке салып мөрленген. Тексериў жуўмағына көре, 4.73 грамм “Опий” нәшебентлик өними еканлиги анықланган.
Усы жағдай бойынша Ғ. Ю атлы шахсқа ӨзРес ЖКниң 276-статясы 2-бөлими менен жынаят иси қозғатылған.
Қарақалпақстан Республикасы ИИБ Мәлимлеме хызмети
