Бюроның Кегейли районы бөлими ис жүритиўинде болған пуқаралық ислери бойынша Шымбай районларара судының 26.12.2019-жылғы қарыздар Р.Т.дан өндириўши Д.Далжанованың пайдасына оның тәрбиясындағы еки перзентиниң тәмийнаты ушын қарыздардың айлық дәраматының 1/3 бөлеги муғдарында алимент өндириў белгиленген.Усы орынлаў ҳүжжети, бөлим ис жүритиўине келип түскен күннен алимент ис жүритиўи қозғатылған болып, қарыздар Р.Т. тәрепинен перзентлерине аталған алимент пуллары ҳәзирги күнге дейин турақлы түрде айма-ай төленип келинген.
Деген менен, усы жылдың апрель айында қарыздар Р.Т. өз басламасы менен Бюро бөлимине келип, алимент напақасын алдыннан төлеп бериў нийетин билдирип, толениў тийис болған сумманы есаплап бериўди илтимас еткен.
Сол себепли, мәмлекетлик орынлаўшылар тәрепинен көрсетилген әмелий жәрдемлерден кейин, алиментши әке 13 жыллық алимент пулларын, яғный 152 млн. сўмды өндириўши Д.Далжановаға төлеп берди.
Орынлаў ҳүжжети болса, Өзбекстан Республикасының “Суд ҳүжжетлери ҳәмде басқа органлар ҳүжжетлерин орынлаў ҳаққында”ғы Нызамының 41-статьясына тийкар тамамланды.
