logo

Тақыятаста әке тәрепинен перзентине алимент орнына Ташкент қаласынан үй берилди

Мәжбурий орынлаў бюроси Тақыятас районы бөлими жумыс жүритиўинде, Пуқаралық жумыслары бойынша Нөкис районлар аралық судының 18. 04. 2017 жылғы орынлаў бетине тийкар, қарыздар Х. Х. ден өндириўши О.А пайдасына бир дана перзент тәмийнаты ушын ¼ бөлеги муғдарында алимент өндириў ҳаққында орынлаў ҳүжжети бар.

Усы орынлаў жумысы, бөлим ис жүритиўинде 2017-жыл март айында келип түскен ўақтынан, айма-ай толық төлеп келинген.

Соған қарамастан усы жылдың апрель айында, әке тәрепинен перзентине аталған алимент пенсиясы орнына Ташкент қаласында жайласқан өзине тийисли болған 2 ханалы үйин бериў усынысын билдирген.

 Сол мунасәбет пенен, бөлим мәмлекет орынлаўшылары тәрепинен тийисли ҳуқықый жәрдем көрсетилгенинен кейин, қысқа мүддет аралығында усы үй, алдынғы өмир жолдасының атына рәсмийлестирип берилди ҳәм орынлаў иси ӨзР Нызамының тийисли статьясына тийкар жуўмақланды. 

Соңғы жаңалықлар