logo

2022-жыл 19-24-апрель күнлери аралығында Монголия пайтахты Улан-Батор қаласында гүрес түрлери бойынша өткерилип атырған Азия чемпионатында бир қанша спортшыларымыз қатнаспақта

Азия чемпионатында грек-рим гүреси бойынша - 87 кг салмақ категориясында беллесиўлер алып барған Токио Олимпиадасының қатнасыўшысы, Қарақалпақстанлы жерлесимиз палўан Жалғасбай Бердимуратов Азия чемпионатының гүмис медалына ийелик етпекте.
Соның менен бирге 21-22-апрель күнлери аралығында ҳаял-қызлар гүреси бойынша төменгеди спортшыларымыз беллесиўлер алып бараады.
1. -53 кг: Ақтеңге Кеўнимжаева
2. -55 кг: Сарбиназ Жийенбаева
3. -59 кг: Дилфуза Айымбетова
4. -62 кг: Набира Эсенбаева
5. -65 кг: Арыўхан Жумабаева
6. -68 кг: Азада Эсбергенова
7. -76 кг: Валентина Торениязова
23-24-апрель күнлери аралығында еркин гүрес бойынша ересеклер арасында -92 кг салмақ категориясында жерлесимиз Әжинияз Сапарниязов беллесиўлерин өткериў режелестирилген.

Қараөзек районы ҳәкимлиги

Соңғы жаңалықлар