Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министри А.Тошқулов магистратураға оқыўға қабыллаўда қәнигелик пәнлерден имтиханларды бийкар етиў тәртиби көрип шығылып атырғанын билдирди.«Быйыл магистратураға оқыўға кириў ушын қәнигелик пәнлерден имтиханларды бийкар етиў тәртибин көрип шығып атырмыз. Өзи бунысыз да студент 8 семестр даўамында қәнигелик пәнлерден зәрүр көнликпе ҳәм билимди ийелейди», – дейди министр.
А.Тошқуловтың сөзлерине қарағанда, магистратура қәнигеликлери бойынша оқыўға кириў ушын шет тилин билиў дәрежеси ҳаққындағы сертификат ҳәм бакалавр дипломының орташа балы есапқа алынады. Ҳәзирше бул усыныс үйренип шығылып атырғаны атап өтилген.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.
