Мойнақ районы ПҲАЖ бөлимине 2022-жыл 13-март күни С.А. мүрәжат пенен келди. Ол 30 жылдан аслам ўақыт қурған шаңарағы бузылып кетиў алдында турғанлығы, буған көп ишиўшиликке берилип кеткен күйеўи себепши екенлигин айтып өтти.Олар үш перзенттиң ата-анасы ҳәм төрт ақлықтың ата-әжеси. Ерли-зайыплы усы күнге шекем татыў-тәтлы, аўызбиршиликте балаларды тәрбиялап, бахытлы жасаған. Сондай-ақ, еки жас үлкен 3, 4 айдан берли ажырасып, бөлек жасап жүргенлиги, балалары үйленип, өзлериниң турмыс тәшўишлери менен әўере болып, ата-анасынан хабар алмағанлығын атап өтти.
Сәўбетке ишиўшиликке көп берилип кеткен С.Н да шақырылды. Ол жумыстан шығып қалған соң ишиўшиликке көп берилип кеткенлигин мойынлап, алдағы ўақытта бундай ҳалатлар тәкирарланбайтуғынлығын айтып, балаларынан кеширим сорап, жарасыўын қәлейтинин айтты.
Шаңарақ жәмийеттиң тийкарғы буўыны ҳәм ол жәмийет пенен мәмлекет қорғаўында болыўы тийис. Сонлықтан Мойнақ районлық ПҲАЖ бөлими хызметкерлери тәрепинен егер ажырасқан жағдайда ақлықлары, келин-балалары олардан уялатуғынлығы, қуда-қудағай, әғайын-туўыс ҳәм қоңсы-қобалар менен қатнасықларына зыян жетиўин айтып түсиниклер берилди.
Халқымыздың миллий қәдириятлары тийкаринда ПҲАЖ бөлими тәрепинен берилген үгит-нәсияты еки тәрептиң бахытлы шаңарақ болыўына, оларды жарасыўына хызмет етти. Солай етип, ажырасыў алдында турған шаңарақ ПҲАЖ бөлиминен қол усласып, күлип-ойнап шығып кетти.
А.Турғанбайева, Мойнақ районы ПҲАЖ бөлими баслығы.
Мойнақ районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети
