logo

Арал бойы тарийхы ҳәм археологиясы изертлеўлерде


26-апрел сәнесинде  Қарақалпак мамлекетлик университети Тарийх факультетинде "Өзбекстан Қаҳарманы, профессор Ғайратдин Хожаниязов атындағы инновациялык оқыў аудиториясында «Арал бойы тарийхы ҳәм  археологиясы изертлеулерде» атамасында республикалық илимий-теориялық конференция болып өтти.

Конференцияға тарийхшылар, археолог алымлар ҳәмде студент жаслар қатнасты. Кирис сөзди Тарийх факультети деканы С.Сулайманов ашып берди. Конференцияға Қошанов Б. т.и.д. профессор «Қарақалпақстанның жаңа ҳәм ең жаңа дәўири тарийхы: машқала ҳәм шешимлер. Баллиева Р. т.и.д. профессор «Қарақалпақстанда этнология тараўындағы изертлеўлер ҳәм жетискенликлер. Ҳакимниязов Ж. т.и.к., доцент «Ҳәким ата комплексинде 2021-жылы алып барылған археологиялык изертлеўлер атамасында өз баянатлары менен қатнасып баҳалы мағлыўматлар берди.
«Орта Азия Египети» атанған ҳәзирги Қарақалпақстан территориясы уллы еки дәрья - Жайхун ҳәм Сайхун дәрьялары аралығында қәлиплескен, жәҳән мәдениятының әййемги орайларының бири. Бул жерлерде бизиң әййемги тарийхымыздың ҳәм мәдениятымыздың бесиги жаралған болып, дүньяға белгили илимпазлардың, ойшыллардың камал тапқан муқаддес жери есапланады.

Қарақалпақ халқының бийтәкирар тәбияты, әййемги тарийхы ҳәм бай мәденияты ҳаққында Президентимиз Ш.М.Мирзиёев: «Қарақалпақ дияры өзиниң дүньяда уқсасы жоқ, қайталанбас көркем-өнери менен бәршемизди таң қалдырып келеди. Әсиресе, әўладларымыздан қалған бийбаҳа фольклорлық шығармалары дыққатқа ылайық. Өз журты, өз үлкесинде ата-бабаларының мийрасына ҳәмийше садықлық руўхында жасап атырған мәрт ҳәм мийнеткеш қарақалпақ елиниң беккем еркине тән берип, бундай халық пенен ҳәр қандай мақтансаң арзыйды», - деп атап өтеди [Мирзиёев Ш.М. Буюк келажагимизни мард ва олижаноб халқимиз билан бирга қурамиз.-Т, «Ўзбекистон», 2017. 206, 210, 212 бб].

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң «Қарақалпақстан Республикасындағы материаллық мәдений мийрас обьектлериниң мәмлекетлик қорғаў дизимин қайта тастыйықлаў ҳаққында»ғы 2016-жыл 31-декабрь күнги 407-санлы қарарына тийкар, Қарақалпақстан Республикасында жәми 285 тен аслам мәдений мийрас обьектлери мәмлекетлик дизимге алынған болып, солардан 131 археологиялық естеликлер, 89 монументал көркем-өнер естеликлери, 40 дыққатқа ылайық орынлар, 25 архитектуралық естеликлер болып есапланады.
Пидайы алымлардың археологиялық экспедициясының көп жыллық нәтийжели мийнетлери себепли бул әпсаналы үлкениң қараңғылыққа айланған узақ өтмиштеги тарийхы қайтадан тикленип, сырлы естеликлер ғәзийнесине айланған бул теберик жер бирме-бир тилге кирип өтмиш ўқыяларын дәстан етип өз сырларын ашып берди. 

Солардың ишинде әййемги Миздахкан комплекси тек Өзбекстанда ғана емес, улыўма әийемги шығыс цивилизациясында орны бар дәслепки мәденият орайларының бири. Буны усы естеликте алып барылған археологиялық изертлеўлер нәтийжелери көрсетпекте. Бул археологиялық изертлеўлерде Қарақалпақ мәмлекетлик университети археологиялық отрядының хызметлери әҳмийетли орын ийелейди. Бүгин усы археологиялық отрядтың жумыс баслағанына 37 жыл болмақта. (1985-2022 жж.)

Қарақалпақ мәмлекетлик университети археологиялық отрядының изертлеўлери өткен әсирдиң 80-жылларының II-ярымында  М.Туребеков, А.Утемисов, Е.Бижанов, М-Ш Қдырниязов тәрепинен Хожели районы Миздахкан археологиялық комплексинде археологиялық этнографиялық изертлеўлер менен баслады. Бул археологиялық объектте профессор-оқытыўшыларымыз тәрепинен 1985-2022 жыллар даўамында антик ҳәм орта әсирлерге тийисли мәҳәлле қалдықлары қазып изертленди. Дәслеп  Е.Бижанов, М.Туребеков (1985-жыл), М-Ш. Қдырниязов, А.Утемисов, (1986-жыл), Ж.Ҳәкимниязов (1993-жыл) ҳәм т.б. археологиялық изертлеў  жумысларын даўам еттирип, бул комплексти изертлеў нәтийжесинде 2 илим докторы, онға шамалас илим кандидатлары жетилисип шықты. Бүгинги күни де университетимиздиң тарийхшы студентлери археологиялык әмелиятын Миздахкан археологиялық комплексинде ҳәм де Мойнақ районындағы Ҳәким ата комплексинде алып бармақта.

Конференция соңында ҳәзирги кундеги археология тараўына еледе итибар қаратыў, этнология бакалавр тәлим бағдарын ашыў хәм студент жасларды әмелият жумысларына көбирек тартыў ҳақкында усыныслар тыңланды.

Бүгинги күнде биз уллы алымлардың жарқын өмир жолын еслеп оларға ҳурмет келтирер екенбиз, оның аты ҳәм мийнетлери халқымыздың өтмиш тарийхы менен тығыз байланыслы екенлигин және бир мәрте сезинемиз. Усындай илимий республикалық көлемдеги илимий-теориялық конференциялардың жыйы-жыйы болыўы ҳәм онда студент жасларымыз өз баянатлары менен қатнасыўы олар ушын ўлкен тәжирийбе орнын өтеп бериўи сөзсиз. Уллы устаз алымларымыздың терең ҳәм дана шешимлери ҳәзирги әўладлар ушын өтмиш тарийхын изертлеўдиң жарқын ҳәм исенимли үлгиси болып қалады. 

Авторлар: 
ҚМУ Тарийх факултети Археология кафедрасы ассистенти М.Толыбаев
KarOne.uz сайты журналисти Р.Тлемисов

Соңғы жаңалықлар