logo

Қарақалпақстанлы студент сериал идеясы менен $2000 утты

2021-жылдың декабр айында Қубла Кореяның «Visionmaster» компаниясы ҳәм Өзбекстандағы «Biz TV» онлайн телерадиоканалы жас ҳәм профессионал сценарий авторлары арасында көп бөлимли телевизиялық сериал идеясы ушын таңлаў жәриялаған еди.

Таңлаўға 15 тен артық ҳәр түрли синопсислер келип түсти ҳәм кореялылардың тән алыўына бола «Көпир» атлы телевизиялық сериал синопсиси менен таңлаўда қатнасқан Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң 2-басқыш студенти Шомуродова Зилола Қаллибек қызы жеңимпаз деп табылды.

Кеше таңлаў жеңимпазына 2 мың доллар муғдарындағы сыйлық пулы тапсырылды. Солай екен, тез күнде қарақалпақстанлы студент қыздың идеясы тийкарында кореялылар менен биргеликте көп бөлимли сериал түсириледи.

Жаслар ислери агентлиги

Соңғы жаңалықлар