Спиртли ишимликтиң зыяны ҳаққында дерлик 7 жастан 70 жасқа шекемги аралықтағы адам баласы хабардар. Бәлким жети жас бала спиртли ишимликтиң зыяны ҳаққында қаяқтан биледи дерсиз? Оған себеп, айырым шаңарақлардағы спиртли ишимлик пенен байланыслы ушырасатуғын жағдайлар десек қәтелеспеймиз.Жасы 50 ге шамаласқан Нөкис қаласы турғыны үйинде мәс ҳалында шаўқым шығарып, мәслик жағдайында өз жанына қастаянлық ислемекши болып атырған хабарға бола аймақлық профилактика инспекторы, подполковник Р.Палўаниязов, ҚРИИМ ЖҚХ ЖТСБ ППХ хызметкерлери қатардағылар С. Қудайбергенов ҳәм Н. Қалбаевлар ўақыя орнына барғанында ҳақыйқатында да алдын бир неше мәрте судланған Ш.Х. исимли пуқара мәс ҳалында қолындағы пышақ пенен өз жанына қастыянлық ислемекши екенлигин айтып шаўқым шығарып атырғанлығы анықланады ҳәм ол профилактикалық сәўбеттен соң 2-санлы ИИБне алып келинди.
«Тынышлық сақшысы» газетасы
