Кейинги жылларда пайтахтымыз Нөкис қаласында заман талабына сай мекемелер ҳәм емлеўханалар, оқыў орайы имәратлары, турақ жайлар, санаат карханалары соның менен бирге хызмет көрсетиў орайы имәратлары заманымызға сай болыўы ҳәм көркемлиги менен итибарға алынған. Өткен жыллар даўамында әмелге асырылған үлкен қурылыс-абаданластырыў ислери қаламызға жәнеде шырай бахш етип келмекете. Ғарезсизлигимиз шарапаты менен бүгинги Нөкис қаласы заманагөйлиги менен шет ел мийманларының да итибарына алынған улкен калаға айланды. Əлбетте, бой тиклеген ҳәм қурылыс жумыслары алып барылып атырған ҳәр бир көп қабатлы турақ жайлар, санаат ҳәм саўда орайлары, халыққа хызмет көрсетиў орайларында қурылыс барысында айрықша жағдайлар ҳәм өрт қәўипсизлиги кағыйдаларына улкен итибар қаратыў керек. Нөкис қалалык Айрықша жағдайлар бөлими хызметкерлери тәрепинен қаламыз аймағында қурылып атырған ҳәм курылысы режелестирилген имәратлардың ҳүжжетлеринде курылыс кағыйдалары талапларының орынланыўы барысында қадағалаў тәртибиндеги тексериў жумыслары ҳәм тазадан қурылып атырған имәратларда түнги тексериў жумыслары әмелге асырылмақта. Қаламыз аймағында курылыс монтаж жумыслары тамамланып, пайдаланыуға тапсырылыўына усыныс етилген имәратлардың мәмлекетлик қабыл етиў комиссиясында катнасып, проект ҳужжетлерине киритилген илажлардың орынланғанлығы инәбатқа алынған ҳалда таза қурылыс имәраты қабыл етилмекте. Қурылыс жумыслары даўамында Айрықша жағдайлар бөлими хызметкерлери тәрепинен, қурылыс хызметкерлери темир буткаларда ямаса қурылыс имараты ишинде түнги ўақытлары қалып ҳәр түрли қолбала электр жылытыў үскенелеринен пайдаланбаўлары, ашық от жағылыўына жол қойылмаўы, насаз электр үскенелерин пайдаланбаўлары ҳаққында түсиник жумыслары алып барылмақта.
Өзбекстан Республикасы Айрықша жағдайлар министриниң 2019-жыл 19-август күнги 411-санлы буйрығына тийкарланып «Өртлер профилактикасы нәтийжедарлығын асырыў ҳаққындағы» буйрығына тийкарланып, халық билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, жоқарғы ҳәм орта арнаỹлы билимлендириў орынлары, басқада мәкеме ҳәм кәрхана шөлкемлери, мәкан пуқаралар жыйыны аймағында жайласқан жеке меншик турақ жайларда ҳәм Нөкис қаласы аймағында жайласқан саўда орынларында, қурылыс жумыслары алып барылып атырған обьектлерде, сондай-ақ пуқаралар арасында айрықша жағдайлардың алдын алыў ҳәм өртлердиң келип шығыў себеплери ҳаққында пуқаралар арасында кең турде тусиндириў жумысларын алып барылмақта.
Ҳурметли пуқаралар алып барылып атырған профилактика жумысларында белсене қатнасыўыңызды ҳәмде өрт қәуипсизлиги қағыйдаларына амел қылыўыңызды соранамыз.
Нөкис қалалық АЖБ НТБ баслығы аға лейтенант Қ.Сейтназаров
