logo

Базар стоянкаға кириў 1000 сўм, буған қала ҳәкимлиги келисим берген. Транспорт министрлиги қайта усыныс киритеди

Социаллық тармақлар арқалы "1-майдан баслап транспортлардың Базар стоянкасына кириўи 1000 сўм" етип белгиленгенлиги ҳаққында мүрәжатлар келип түспекте. Бул бойынша Қарақалпақстан Республикасы Транспорт министрлиги төмендегилерди мәлим етип билдиреди.

Ҳақыйқатында да "Нөкис дийқан базары" АЖне тийисли автостоянкаға жолаўшы тасыўшы транспортлардың ҳәр бир кириў баҳасын 1000 сўм етип көтериў бойынша 2022-жыл 18-апрель күни Нөкис қаласы ҳәкимлигине усыныс киритилген. Нөкис қаласы ҳәкимлиги тәрепинен жәмийеттиң усынысы көрип шығылып, келисим берилген. Буннан тысқары "Нөкис дийқан базар" АЖ Қарақалпақстан Республикасы Транспорт министрлигине 2022-жыл 25-апрель кунги 231-санлы хаты менен мағлыўмат ретинде билдирилди. Бул жағдай бойынша Транспорт министрлиги жолаўшы тасыўшы кәрхана басшылары менен АЖ хаты додаланып, исбилерменлик субъектлеринен келип түскен усынысларды есапқа алып, министрлик тәрепинен "Нөкис дийхан базары" АЖ не қараслы автостоянкаға транспортлардың хәр бир кириў баҳасын 800 сўм етип белгилеў бойынша усыныс киритилди.

ҚР Транспорт министрлиги мәлимлеме хызмети

Соңғы жаңалықлар