Республикамыз аймағындағы бир қатар көпирлерде қурылыс-оӊлаў жумыслары алып барылып атыр. Соннан халықаралық әҳмийетке ийе А-380 «Ғузар-Бухара-Нөкис-Бейнеў» автомобиль жолыныӊ 597-км (Төрткүл), 610-км (Елликқала), 637-км, 644-км, 672-км (Беруний), республикалық әҳмийетке ийе 4 Р-174 «Нөкис-Хожели» автомобиль жолыныӊ 8-км (Сүўенли каналынан өтиўши), А-380 «Ғузар-Бухара-Нөкис-Бейнеў» автомобиль жолыныӊ 878-км (Қоӊырат), атап өтилген участкалардағы көпирлерде қурылыс-оӊлаў жумыслары даўам еттирилмекте. Бул көпирлерден 610-км.деги участкада көпир жаӊадан қурылып атырған болып, 672-км.де жайласқан көпирде қурылыс себепли айланба жол шөлкемлестирилген. Қалған көпирлерде тийисли жол белгилери ҳәм ажыратыўшы тосықлар орнатылып, еки тәреплеме ҳәрекет тәмийнленген.
Автомобиль жолларындағы көпирлерде қурылыс-оӊлаў жумыслары алып барылып атырғанлығына байланыслы автотранспорт басқарыўшылары ҳәрекет қәўипсизлигин тәмийнлеген түрде жолларда ҳәрекет етиўин ҳәм ЖТҲниӊ алдын алыў илажларын көриўин сорап қаламыз.
Қарақалпақстан Республикасы Автомобиль жоллары бас басқармасы мәлимлеме хызмети
