Шанарақ мәмлекет ишиндеги кишкене мәмлекет. Ҳәр қандай жәмийетте тынышлық ҳәм абадан, бахытлы турмыс үстем болса ҳеш қандай қәўип олардың турмысына қәўип сала алмайды. Инсан баласының ҳуқық ҳәм мәплерин туўылғанан баслап қорғалыўы ҳәм тәмийинлениўинде ПҲАЖ уйымының да хызмети айрықша. Нызам пуқаралардың жеке ҳəм мүлк ҳуқықларын қорғайды ҳəмде мəмлекет ҳəм жəмийет кепилликлерин есапқа алған ҳалда, инсан ɵмириндеги əҳмийетли ўақыялар – туўылыў, неке қурыў, ɵлим ҳəм инсанның əҳмийетли субъектив ҳуқықлары ҳəм мүтəжликлериниң пайда болыўы, ɵзгериўи ҳəм тоқтатылыўына себеп болатуғын басқа да жағдайларды кепиллеўши уйымларда дизимге алыныўын белгилейди.Неке . Өзбекстан Республикасы Шаңарақ кодексиниң 13-статьясына тийкар, ПҲАЖда дизимге алынады.
ПҲАЖ уйымы тəрепинен берилген ҳүжжетлер ең тийкарғы ҳүжжетимиз болып, оларды абайлап сақлаў шəрт.
Жыл басынан берли 415 шаңарақ дизимге алынған болса, соның ишинен 40 неке салтанатлы түрде өткерилди. Биз шаңарақ қурып атырған жасларды тек нызамлы некеден өткерип қоймастан шаңарақтың муқаддеслиги, шаңарақ атлы қорғанның беккемлигин сақлаўда ер зайыплылардың өз ўазыйпаларын айтып түсиник жумысларын алып барамыз.
П.Авезова,
Қанлыкɵл районы ПҲАЖ бɵлиминиң баслығы.
