Билимлендириў орынларында китапқумарлықты кең үгит-нəсиятлаў, өсип киятырған жас нәўшелерди уллы дөретиўши тулғалардың дөретиўшилиги менен жақыннан таныстырыў мақсетинде Қанлыкөл районы ХББне қарасла 21-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң оқыўшылары арасында әдебий кеше шөлкемлестирилди. 
Бунда 2-класс оқыўшылары Мәлимлеме китапхана орайына саяхат етип, жаңадан келген балалар әдебиятлары менен жақыннан танысты. Сондай-ақ, қос байтерегимиз болған И. Юсупов ҳәм Т Қайыпбергеновтың, халық шайыры Т.Қабуловтың китаплары менен танысып, шығармаларынан үзиндилер атқарды.

Бундай илажлардың жийи-жийи ɵткерилип турылыўы тийкарында, оқыўшылардың китапқа болған ықласы ҳəм меҳири арта берери сɵзсиз. Сонлықтан, ҳəр бир билимлендириў мəкемелери усы сыяқлы илажларды ɵткериўде белсендилик кɵрсетиўи мақсетке муўапық болады.
